Наманган ўәлаятында 141,5 миллион долларлық шығындыны жағыў заводының қурылысына старт берилди

    Саноат[kk] 1 желтоқсан 2025 198

    2025-жыл 29-ноябрь күни Наманган ўәлаяты Чуст районы Зарафшон мәҳәллесиндеги 10 гектар жер майданына капсула қойылып, шығындыларды жағыў заводының қурылысына рәсмий түрде старт берилди.

    Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қоршаған орталықты қорғаў, соның ишинде, шығындыларды экономиканың әҳмийетли бөлегине айландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда тараўды нәтийжели басқарыў, полигонларды қысқартыў, халықты разы етиў илажлары көрилмекте.

    Шығындыларды қайта ислеў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги директоры ҳәм Қытайдың жетекши China Everbright International экологиялық компаниясы арасында шығындыларды қайта ислеў ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша заманагөй жойбарларды әмелге асырыў ушын шығындыларды жеткерип бериў бойынша келисимлерге қол қойылды. Жойбар Наманган ўәлаятында басқышпа-басқыш енгизиледи.

    2024-жыл 24-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қатты турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы ПҚ-117-санлы қарары қабыл етилди. Ҳүжжет аймақта экологиялық жағдайды жақсылаў, шығындыларды қайта ислеў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм тиккелей инвестицияларды тартыўды нәзерде тутады.

    Ашылыў мәресиминде инвесторлар, ўәлаят ҳәкими, Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў ҳәм айланбалы экономиканы раўажландырыў агентлиги директорының орынбасары, Экология басқармасы, мәҳәлле, санитариялық хызметлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

    China Everbright International компаниясы жойбарға 141,5 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизбекте. Күнине 1,5 мың тонна шығындыны қайта ислеў (жылына 547 мың тоннаға шекем) ҳәм жылына 227,5 миллион кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў режелестирилген. Жойбар нәтийжесинде 150-200 жаңа жумыс орны жаратылады. Оны 2027-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

    Электр энергиясын сатып алыў ҳәм қатты турмыслық шығындыларды жеткерип бериў бойынша шәртнамаларға муўапық, кәрхана 30 жыл даўамында ислеп шығарылған электр энергиясын "Өзенергосатыў" АЖға кепилликли тийкарда жеткерип береди.

    Намангандағы жойбар миллий бағдарламаның бир бөлеги болып есапланады: Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана, Қашқадәрья, Самарқанд, Бухара, Жиззақ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы сыяқлы 9 аймақта шығындыларды термик қайта ислеў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў комплекслерин қурыў режелестирилген.

    2025-жылы, сондай-ақ, үш заводтың қурылысы басланды: Әндижанда China International Camce менен биргеликте, Самарқандта Shanghai SUS Environment қатнасыўында ҳәм Ферғанада China Everbright International.

    Бул басламалар "жасыл экономика" принциплерине сәйкес болып, мәмлекеттиң экологиялық турақлылығына, келешек әўладлар ушын таза ҳәм қәўипсиз орталықты жаратыўға хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates