Ноябрь айында Өзбекстанның тутыныў секторы товарлары ҳәм хызметлериниң орташа баҳалары 0,7%ке артты

    1 желтоқсан 2025 199

    Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың ноябрь айында тутыныў секторы товарлары ҳәм хызметлериниң орташа баҳалары 0,7 процентке өскен.

    Жыллық тутыныў баҳалары индекси 107,5 процентти қурап, өткен жылдың сәйкес айына (2024-жыл ноябрь - 110,0 процент) салыстырғанда 2,5 процентке төменледи.

    Ноябрь айында азық-аўқат өнимлери орташа 1,0 процентке, азық-аўқат емес товарлар 0,5 процентке, халық ушын төлемли хызметлер 0,3 процентке қымбатлаған.

    Тийкарғы азық-аўқат өнимлери арасында қыяр (96,0 процент), помидор (82,2 процент), болгар бурышы (61,2 процент), баклажан (51,7 процент), жүзим (12,1 процент), әнар (7,9 процент), асқабақ (5,4 процент), алма (4,7 процент), мандарин (4,5 процент), шабдал (3,7 процент), ғарбыз (3,4 процент), қаўын (3,4 процент), таўық мәйеги (2,4 процент), қой гөши (0,8 процент), картошка (0,7 процент), биринши сортлы бийдай уны (0,5 процент), сондай-ақ, сыйыр гөши (сүйексиз гөштен тысқары) (0,3 процент) баҳаларының көтерилиўи инфляцияға тийкарғы тәсир көрсеткен.

    Тийкарғы азық-аўқат өнимлери арасында гешир (-26,1 процент), шалғам (-7,1 процент), гүриштиң барлық сортлары, соның ишинде, тазаланған гүриш (-4,5 процент), лобия (-4,2 процент), қумшекер (-2,9 процент), пияз (-2,5 процент), банан (-1,3 процент), қус гөши (-1,2 процент) баҳаларының төменлеўи инфляцияны тоқтатыўшы факторлар болды.

    Сондай-ақ, азық-аўқат емес товарлар арасында пропан (7,4 процент), бензин (1,7 процент), цемент (1,4 процент), кийим-кеншек ҳәм аяқ кийим (0,7 процент) баҳаларының артқаны атап өтилди.

    Есап-санақ ушын 10 мыңнан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында 195 мыңға шамалас баҳа дизимге алынған. Мониторингде 420 түрдеги азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес товарлар және 90 түрдеги хызметлердиң баҳалары қамтып алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates