"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, Қарақалпақстан
Республикасы, Хорезм ўәлаяты ҳәм Наўайы ўәлаятының арқа аймақларында
жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Бухара ўәлаятында ҳәм Наўайы ўәлаятының қубла
бөлиминде тийкарғы жаўын-шашын 1-майда болады, 2-3-майда айырым жерлерде қысқа
мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.
1-майда республиканың айрым аймақларында самалдың тезлиги
13-18 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи, айырым жерлерде шаң-тозаң болыўы мүмкин.
Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 27-30 дәреже ыссы, дем
алыс күнлери 22-25 дәрежеге шекем төменлеўи күтилмекте. Арқа-батыс районларда
ең салқын күн 1-май болады - температура 20-23 дәреже әтирапында болады, бирақ
екшемби күни ҳаўа 27-30 дәрежеге шекем ыссылайды.
Елимиздиң таў алды ҳәм таўлы аймақларында 1-3-май күнлери
ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Сел ҳәм тасқынлар жүз бериўи
мүмкин.
Бүгин күнниң екинши ярымында Ташкент қаласында қысқа
мүддетли жаўын жаўыўы күтилмекте, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның
температурасы 28-30 дәреже ыссы болады.
Шемби ҳәм екшемби күнлери пайтахтымызда ўақты-ўақты менен
жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. Ҳаўаның температурасы түнде 13-15гр
жыллы, күндиз 22-24гр жыллы.
Сондай-ақ, 1-2-май күнлери Ташкентте самалдың тезлиги 10-12
м/с қа шекем күшейиўи, бүгин күндиз қаланың айырым аймақларында шаң-тозаң
болыўы мүмкин.