Заманагөй поезд Ферғана ойпатлығы халқы ҳәм мийманларына хызмет көрсетип,
аймақлар арасындағы темир жол қатнаўын және де қолайлы ҳәм тезлестиреди.
Техникалық сынақ рейсинде поезд тезлигин саатына 160 км ге шекем
жеткерип, Ташкенттен Әндижанға шекемги аралықты 4 саатта басып өтти.
Зәрүр сынақлар өткерилип, таярлық көрилгеннен соң, жақын күнлерде поезд
тастыйықланған ҳәрекетлениў кестесине муўапық жолаўшыларды тасыўды баслайды.