Көплеген реклама материалларында кредит алыўдың тезлиги ҳәм аңсатлығына итибар қаратылады. Бирақ бундай қатнаста пуқараларға жүз бериўи мүмкин болған финанслық қәўип-қәтерлер ҳаққында жетерли мағлыўмат берилмейди, бул болса кейин ала қарыз миннетлемелерин орынлаўда үлкен қыйыншылықларға алып келиўи мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети Өзбекстан Орайлық банки менен биргеликте "Реклама ҳаққында"ғы нызамның 43-статьясына сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда өзгерислер киргизиўди усыныс етти.
Усыныс етилип атырған өзгерислерге бола, кредитлерди, соның ишинде, микроқарызларды реклама етиўде бундай хызметлерден пайдаланыў менен байланыслы болыўы мүмкин болған финанслық қәўип-қәтерлер ҳаққында ескертиўге реклама майданы ямаса ўақтының кеминде 10 проценти ажыратылыўы керек.
Бул баслама халықтың финанслық саўатлылығын арттырыў, қарызға жуўапкершилик пенен қатнаста болыўын қәлиплестириў ҳәм артықша қарыз жүгиниң алдын алыўға қаратылған.
Бәсеки комитети пуқараларды ҳәр қандай кредит миннетлемелерин рәсмийлестириўде өз қаржы имканиятларын дурыс ҳәм жуўапкершилик пенен баҳалаўға, кредит шәртлери, процент ставкалары ҳәм төлеў тәртибин пуқта үйрениўге шақырады.