Бул илаж Шығыс асханасының бай дәстүрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оның бийтәкирар дәмин ҳәм таярлаў мәдениятын халықаралық көлемде көрсетиў, сондай-ақ, гастрономиялық туризмди раўажландырыў ҳәм елимизге туристлер ағымын көбейтиў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
Шығыс тағамлары өзине тән дәми, түрлилиги ҳәм өзине тән таярланыў усыллары менен әзелден пүткил дүньяға белгили. Фестиваль шеңберинде мийманлар түрли тағамлардың дәмин татып ғана қалмастан, олардың таярланыў процесин де өз көзи менен көриўи мүмкин болады.
Фестивалдың биринши күни Самарқанд қаласындағы Әлийшер Наўайы көшесинде халықаралық шеф-аспазлардың қатнасыўында өткериледи. Онда ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң аспазлары өзлериниң миллий тағамларын таярлап, мийманларға усынады.
Екинши күни усы майданда жергиликли аспазлардың қатнасыўында «Taste of Samarkand» фестивалы шөлкемлестирилип, мийманлар Самарқанд асханасы ҳәм өзбек миллий тағамларының ең жақсы үлгилери менен танысыўы мүмкин болады.
Фестиваль даўамында ҳәр күни 100 ден аслам аспаз қатнасыўында аспазлық жарыслары өткериледи. Сондай-ақ, 50 ден аслам сийрек ушырасатуғын тағамлардың таярланыўы көрсетиледи. Мийманлар ушын профессионал аспазлардан шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи, сондай-ақ, дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлериниң тағамларын таярлаў процесслери көрсетиледи.
Буннан тысқары, фестивалда өнерментшилик буйымлары ҳәм Шығыс шийринликлериниң көргизбелери, ҳәр қыйлы мәдений-кеўилашар концерт бағдарламалары өткериледи. Таңлаўларда қатнасып атырған аспазлар ушын арнаўлы сыйлықлар белгиленген.
"Шығыс тағамлары" фестивалы тек ғана гастрономия ықласбентлери ушын емес, ал миллий мәденият ҳәм дәстүрлерге қызығатуғынлар ушын да умытылмас ўақыя болыўы күтилмекте.