Оны Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Халықаралық рейтинглер ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, елимизде әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде Өзбекстанның бир қатар халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланды.

Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўиринде «S&P», «Fitch» и «Moodyʼs» халықаралық рейтинг агентликлери биринши мәрте Өзбекстанның суверен кредит рейтингинен күтиўлерди "турақлы"дан "унамлы"ға көтерди. Экономикалық еркинлик индексинде Өзбекстан 9 текшеге көтерилип, 184 мәмлекет арасында 100-орынды, Турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде болса 19 текшеге көтерилип, 167 мәмлекет арасында 62-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, Глобал инновациялық индексинде Өзбекстан өз көрсеткишлерин 4 текшеге жақсылап, 139 мәмлекет арасында 79-орынға көтерилди ҳәм Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи.

Соның менен бир қатарда, әмелге асырылып атырған реформалардан келип шығып, жаңа тийкарғы халықаралық рейтинглер менен ислесиў ҳаққында да сөз етилди.

Соның ишинде, саяхат ҳәм туризмди раўажландырыў индекси, Гендер айырмашылығы глобал индекси ҳәм Социаллық раўажланыў индексинде Өзбекстанның орны додаланып, оларды мәмлекетимиз ушын тийкарғы бағдарлар сыпатында белгилеў усынысы алға қойылды.

Буннан тысқары, мәжилис даўамында Аймақларда ҳуқық үстинлиги индексиниң 2024-жылғы нәтийжелери додаланды. Оған бола, ең жоқары көрсеткиш Ферғана ўәлаятында (79 балл), ең төмен көрсеткиш Ташкент ўәлаятында (63,1 балл) дизимге алынған. Бағдарлар кесиминде "Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў" (-3 балл) ҳәм "Әдил судлаў ҳәм суд қарарларын орынлаў" (-2 балл) индикаторлары бойынша нәтийжелер төменлегени бақланбақта.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаўға қаратылған әмелий илажлар бағдарламаларының биринши ярым жыллықта орынланыў жағдайы да көрип шығылды.

Мәжилисте, сондай-ақ, Турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде өзгериссиз қалып атырған ямаса мәлимлеме жоқ болған структуралық индикаторлар бойынша Өзбекстанның көрсеткишлерин жақсылаў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген илажлар режеси ("жол картасы") жойбары бойынша Республикалық кеңестиң тийисли қарары додаланып, қабыл етилди.