Ушырасыўда Өзбекстан велоспорт федерациясы ҳәм Азия велоспорт конфедерациясы арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстанда велоспортты раўажландырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қоллап-қуўатланып атырғаны, заманагөй инфраструктура жаратылғаны, спортшылардың халықаралық майдандағы нәтийжелери турақлы артып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, елимиздиң миллий ҳәм пара велоспорт сайланды командаларының Олимпиада ойынлары ҳәм жәҳән жарысларында қатнасыўы мәмлекетимиздиң жоқары потенциалын көрсететуғыны атап өтилди.
Тәреплер бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойды. Келисим шеңберинде Өзбекстанда регионаллық оқыў-шынығыў орайын шөлкемлестириў, конференция календары бойынша халықаралық жарысларды кеңейтиў, қәнигелер таярлаў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў, ҳаял-қызлар ҳәм пара велоспортты қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған жумысларды жеделлестириўге келисип алынды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының Баспасөз хызмети.