Сенатта Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды

    5 қыркүйек 2025 566

    Бүгин, 5-сентябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди. Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңес депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

    Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып бармақта.

    Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

    Атап өтилгениндей, есап бериў жылында прокуратура уйымлары социаллық тараўдағы нызамшылықтың орынланыўын қадағалаў шеңберинде халықты социаллық қорғаў, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

    Атап айтқанда, 489 пуқараға 3,8 миллиард сумлық кешиктирилген мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер өндирилди. Сондай-ақ, 11,2 миллиард сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди талан-тараж етиў жағдайлары анықланып, оған тийисли илажлар көрилди.

    Экономикалық тараўда нызамлылықты беккемлеў, атап айтқанда, инвестициялық бағдарламалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, энергия ресурсларын талан-тараж етиўдиң алдын алыў, жасырын экономиканы қәлиплестириўдиң ҳәр қыйлы усыллары менен каналларын анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

    29 мың 451 исбилермен ҳәм сырт ел инвесторларына нызам үстинлигин, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўде әмелий жәрдем көрсетилди.

    Суд процесслеринде, коррупцияға қарсы гүресиў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, оператив-излеў жумысларында прокурорлардың қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.

    Сенаторлар прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар менен бир қатарда айырым жумыс бағдарларында қадағалаўды және де күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.

    Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында халықтың саламатлығын сақлаў, репродуктивлик саламатлық ҳәм жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша қадағалаў илажларының нәтийжелилиги жетерли дәрежеде емеслиги, аналар өлиминиң көбейип атырғаны сынға алынды.

    Сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, елимиздеги криминоген жағдайдың турақлылығын сақлаў, излеў-қутқарыў жумысларын алып барыў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў жумысларын әмелге асырыўда кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди.

    Мәселен, әмелге асырылған 67 мыңнан аслам жынаяттың дерлик 62 процентин алдын алыў мүмкин болған жынаятлар қурайды.

    Бундай жынаятлардың улыўма жынаятшылық көрсеткишиндеги үлеси Ферғана ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 65 процентке, Наманган ўәлаятында болса дерлик 70 процентке жеткен.

    Сенаторлар тәрепинен прокуратура уйымларына денсаўлықты сақлаў, жуқпалы кеселликлер профилактикасы, репродуктивлик саламатлық, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў тараўларында нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаўды орнатыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен қадағалаўды және де күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

    Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates