Жыллық тутыныў баҳалары индекси 108,0 процентти қурап, өткен жылдың усы айына (2024-жыл сентябрь - 110,5 процент) салыстырғанда 2,5 процентке төменледи.
Сентябрь айында азық-аўқат өнимлери баҳасының өсиўи орташа 0,9 процентти, азық-аўқат емес товарлар баҳасының өсиўи 0,3 процентти, халық ушын төлемли хызметлер баҳасының өсиўи 0,3 процентти қураған.
Тийкарғы азық-аўқат өнимлери арасында помидор (16,9%), болгар бурышы (10,4%), гешир (7,7%), мәйек (6,5%), ғарбыз (5,6%), қаўын (5,5%), сүйексиз мал гөши (1,8%), сүйекли мал гөши (1,7%), қой гөши (1,5%), таўық жамбасынан тысқары қус гөши (1,2%), таўық жамбасы ҳәм окорочка (1,1%), өсимлик майлары (0,6%), қумшекер (0,7%) баҳаларының артыўы инфляцияға ең көп тәсир көрсеткен.
Сондай-ақ, азық-аўқат емес товарлар арасында бензин (1,4%), цемент (2,9%), қымбат баҳалы металлардан исленген неке жүзиклери (2,9%), хызмет көрсетиў тараўында музей хызметлери (8,7%) ҳәм айдаўшыларды таярлаў курслары (5,0%) баҳаларының артыўы инфляцияның өсиўине тийкарғы фактор болған.
Есап-санақ ушын 10 мыңнан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында 190 мыңға шамалас баҳа дизимге алынған. Бақлаўда 420 түрдеги азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес товарлар, 90 түрдеги хызметлердиң баҳалары қамтып алынды.









