Жойбар шеңберинде таңлап алынған мектеплердиң ҳәр биринде бесеўден қәнигелескен класслар қәлиплестириледи. Оқыўшылар жаңа робототехника ҳәм VR ханалары, заманагөй үскенелер менен тәмийинленген физика, химия ҳәм биология лабораторияларында сабақ өтиў имканиятына ийе болады. Сондай-ақ, информатика ханалары ең соңғы технологиялар тийкарында жаңаланады.
Буннан тысқары, спорт инвентарлары, көргизбели қураллар сатып алыў, мектеп китапханаларын көркем әдебиятлар менен толықтырыў нәзерде тутылған.
Пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын классларда сабақ бериў ушын муғаллимлер таңлаў тийкарында таңлап алынады. Олардың жумысы оқыўшылардың қызығыўшылық дәрежеси ҳәм өзлестириў көрсеткишлери тийкарында баҳаланады. Бул критериялар бойынша педагогларды қосымша хошаметлеў (KPI) системасын енгизиў режелестирилген.
Жойбар шеңберинде мектеп оқыўшыларының билими PISA, TIMSS ҳәм PIRLS халықаралық бағдарламалары бойынша сынақтан өткериледи.
"Ташкент тәжирийбеси" жойбары мектеп билимлендириўи системасын жаңа басқышқа алып шығыў, терең билим алыў, халықаралық сертификатлар алыў ҳәм жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўге сапалы таярлық көриў ушын кең имканиятлар жаратыўға қаратылған.
"Ташкент тәжирийбеси" жойбарына қатнасыўшы мектеплер дизими:
Бектемир районы 358-санлы мектеп.
Миробод районы 154-санлы мектеп.
Мырза Улугбек районы 121-санлы мектеп.
Алмазар районы 16-санлы мектеп.
Сергели районы 266-санлы мектеп.
Учтепа районы 4-санлы мектеп.
Чиланзар районы 200-санлы улыўма билим бериў мектеби.
Шайхантаҳур районы - 84-санлы мектеп.
Юнусабад районы 88-санлы мектеп.
Яккасарай районы - 73-мектеп;
Янгиҳаёт районы 332-мектеп.
Яшнабод районы 339-санлы мектеп.