БМШ бас резиденциясында "Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёевтиң жолы" китабының презентациясы өткерилди

    18 қыркүйек 2025 505

    БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас резиденциясында болып өткен "Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёевтиң жолы" китабының презентациясында БМШ басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери, пуқаралық жәмийети белсендилери, журналистлер сыяқлы жүзге шамалас адам қатнасты.

    Презентацияда Жаңа Өзбекстандағы реформалардың мазмун-мәниси, тийкарғы басқышлары ҳәм әҳмийетли бағдарлары ҳаққында сөз болды.

    Илаж қатнасыўшылары Өзбекстандағы реформаларды "сиясий батырлық, стратегиялық көзқарас ҳәм социаллық бағдарланғанлық"ты өзинде жәмлеген комплексли трансформация сыпатында жоқары баҳалады.

    Мәмлекетимиздеги өзгерислер барлық әҳмийетли тараўларды - мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы раўажланыўды қамтып алғаны атап өтилди.

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, бир қатар сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери ҳәм журналистлер шығып сөйлеп, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли сиясий ҳәм социаллық реформаларды атап өтти. Бул өзгерислер тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўы ушын да үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates