Олий Мажлис Сенатының 10-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Сенаттың тийисли қарары тийкарында Алишер Усмонов Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының биринши орынбасары - судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына бес жыл мүддетке сайланды.
Икрам Муслимов Жоқарғы суд баслығының орынбасары - судлаў коллегиясының баслығы лаўазымынан, Нодира Ҳакимова болса Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилди.









