Ташкентте Орайлық Азия ҳәм Әзербайжанның төлем системаларын раўажландырыў мәселелери додаланды

    26 қыркүйек 2025 466

    Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан орайлық банклериниң ўәкиллери қатнасыўында регионаллық ушырасыў болып өтти.

    Илажда төлем системалары, санлы финанс инфраструктурасын раўажландырыў, киберқәўипсизликти тәмийинлеў, финтех базарын тәртипке салыў ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў мәселелери додаланды.

    Тәжикстанда бирден-бир QR-системаны енгизиў тәжирийбеси, Қазақстанда санлы инфраструктураны раўажландырыў, Әзербайжанда төлем хызметлерин тәртипке салыўдағы жаңа қатнаслар, сондай-ақ, SupTech и RegTech концепциялары, нақ пулсыз есап-санақлар ҳәм "тәртипке салыўшы қум қутысы" механизмине айрықша итибар қаратылды.

    Регионаллық ушырасыў Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан арасында төлем системалары ҳәм санлы финанслық технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги басламаларды раўажландырыўға қаратылған.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates