Ҳүжжетке муўапық, Ташкент қаласында Н.Э.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университетиниң филиалы шөлкемлестириледи.
Филиал жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:
инженерлик тараўында инновациялық көзқарасларды қолланыўға уқыплы, терең илимий-техникалық билимге ийе болған жоқары маман кадрларды таярлаў;
инженерлик тараўында фундаментал ҳәм әмелий илимий изертлеўлер алып барыў.
Филиалда билимлендириў жумыслары 2026/2027-оқыў жылынан басланады.
Филиалға студентлерди оқыўға қабыллаў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.
2025-2026-оқыў жылынан баслап Москва мәмлекетлик техника университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университети менен биргеликте магистратура қәнигеликлери бойынша қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаў шөлкемлестириледи.
Филиал питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўматқа ийе ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын белгиленген үлгидеги университет дипломы бериледи.









