Илажда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң басшылары, пайтахт жәмийетшилигиниң ўәкиллери, Хосилбектиң әскерий хызметтеги жолдаслары ҳәм шаңарақ ағзалары қатнасты.

Хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған хызметкерлердиң атлары жазылған естелик тахтасы және бир ат пенен толықтырылды. Мәресим қатнасыўшылары естеликке гүл қойып, мәрт хызметкерлердиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

Ишки ислер министри Хосилбек Эшназаровтың пидайы хызмети ҳәр бир хызметкер ушын үлги екенин атап өтти. Хызмет ўазыйпасына садықлық үлгиси болған перзентти тәрбиялап атырғаны ушын жеке қурам атынан ата-анасына миннетдаршылық билдирилди. Хосилбектиң шаңарағы мәмлекетимиз басшысының қорғаўында болады, хызметлеслери оны ҳәр қандай жағдайда қоллап-қуўатлаўға таяр.

Шаңарақты социаллық қоллап-қуўатлаў: ведомстволық мәкемелерде медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў, ата-аналардың емлениўи, қызы ҳәм еки улының жоқары оқыў орынларында оқыўын даўам еттириўи кепилленбекте. Буннан тысқары, Қашқадәрья ўәлаяты Ғузар районындағы 62-мектепте Жол-патруль хызмети инспекторы Хосилбек Эшназаровтың естелиги орнатылып, ол оқыўшылар ушын Ўатанға садықлық ҳәм хызмет ўазыйпасының тымсалына айланды.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Киши сержант Хосилбек Эшназаровқа өлиминен соң "Жасорат" медалы тапсырылыўы ҳаққында"ғы пәрманы оқып еситтирилди. Хосилбектиң әкесине сыйлықты ишки ислер министри, Эшназаровлардың шаңарағына болса Президент үш бөлмели квартира тапсырды.

Хосилбек пенен бир бағдарда хызмет еткен кәсиплесиниң атап өтиўинше, ол өз жанын қәўипке қойып жынаятшыны тоқтатып, және де қайғылы ақыбетлердиң алдын алған.

Ғәрезсизлик жылларында 118 ишки ислер хызметкери хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған. Хосилбек Эшназаровтың аты мине усындай қаҳарманлар қатарына алтын ҳәриплер менен жазылған. Антына садықлық көрсеткен Жол-патруль хызмети инспекторы ўатанласларымыздың жүрегинде мәңги қалады.