Дәслепки мағлыўмат киргизилгеннен соң, дендролог қәнигелер ҳәр бир теректи тексереди - сорты, жасы, жағдайы ҳәм басқа да өзгешеликлерин анықлайды.
Жойбар "Замин" халықаралық қоры тәрепинен Экология министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте әмелге асырылмақта. Оның мақсети пайтахттағы жасыл аймақларды толық хатлаўдан өткериў ҳәм бирден-бир санлы базаны жаратыўдан ибарат.
Тереклердиң электрон картасы қала қурылысын режелестириў, көклемзарластырыў, жасыл аймақларды тәрбиялаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў қуралына айланады. Ол жасыл аймақларды және де нәтийжели сақлаў ҳәм тиклеўге, қаладағы экологиялық жағдайды ҳәм турмыс сапасын жақсылаўға жәрдем береди.









