"Келешекти сапалы мағлыўматлар тийкарында қурамыз" сүрени астында өткерилген илаж усы жылдың февраль айында өткерилген биринши форумның даўамы болды.
"RegTech" бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған "SupTech" жойбары есабат жыйнаў процесслериниң ашық-айдынлығын арттырыў, тәртипке салыў жүгин азайтыў ҳәм мағлыўматлар сапасын жақсылаўға қаратылған. Ол барлық басқышлар - мәлимлеме дерегинен аналитикаға шекем өз-ара келисилген принциплер тийкарында басқарылатуғын бирден-бир экосистеманы қәлиплестиреди.
Мағлыўматлардың сапасы тек ғана техникалық көрсеткиш сыпатында емес, ал басқарыў мәденияты ҳәм жуўапкершилик элементи сыпатында да көрип шығылады. Пүткил банк системасының турақлылығы әйне мағлыўматлар менен ислесиўдиң анықлығы ҳәм ашық-айдынлығына байланыслы.
Форум Орайлық банк тәрепинен KPMG халықаралық аудиторлық-консалтинг компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилди. Илажда сырт елли экспертлер қатнасып, кредит шөлкемлеринде мағлыўматларды басқарыўды жетилистириў бойынша әмелий усыныслар менен ортақласты.
Жалпы мәжилисте "Ипотека-банк", "Асакабанк", "Халық банки" ҳәм "Туранбанк" ўәкиллери әмелге асырылған жумыслар бойынша есабатлар берип, нәтийжели мағлыўматларды басқарыў системаларын жаратыў бойынша тәжирийбе алмасты.
Форум жуўмағында "Халық банки", "Асакабанк", "Туранбанк" ҳәм "Ипотека-банк" RegTech жойбарын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын атап өтилди.
Форумның өткерилиўи RegTech шешимлерин нәтийжели енгизиў, Өзбекстан финанс базарында мағлыўматларды басқарыў мәдениятын қәлиплестириў, регулятор ҳәм қадағалаў астындағы шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды.








