Фильм кадрға сийрек түсетуғын, бирақ ҳәр күни жерде мийнет ететуғын адамлар - фермерлер, агрономлар, илимпазлар ҳаққында сөз етеди.

Студентлер менен сәўбетте Зироат Мирзиёева топырақ деградациясы машқалаларын додалады, болажақ қәнигелердиң пикирлерин дыққат пенен тыңлады ҳәм экологиялық процесслер регионның азық-аўқат қәўипсизлигине қандай зыян келтирип атырғанын атап өтти.

Ол эко мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер менен биргеликте дийқанлардың көп әсирлик тәжирийбеси, турақлы әмелият ҳәм заманагөй технологиялардың үйлесими арқалы топырақтың қәдир-қымбатын ҳәм сақланыўын көрсететуғын фильм орталығына шүмди.

Премьераға тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер - ФАО, БМШ, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, GIZ, AFD, ICARDA, KfW ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Жерлердиң деградациясы инсанияттың ең аўыр экологиялық машқалаларынан бири болып есапланады: Жер жүзиндеги қурғақлықтың 40 проценти зыян көрмекте, 3,2 миллиард халық қыйналмақта. Орайлық Азияда жерлердиң дерлик 37 проценти деградацияға ушыраған, бул болса азық-аўқат қәўипсизлиги, суў ресурслары ҳәм климат турақлылығына унамсыз тәсир етпекте. Өзбекстанда бул көрсеткиш 26% ке жетеди: шорланыў артып, гумус муғдары азайып, егинлер зүрәәтлилиги төменлеп бармақта.

Машқаланың глобаллық әҳмийетин есапқа алып, Аўыл хожалығы министрлиги, ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Zamin қорының жәрдеминде "Жердиң ўәсияты" фильми жаратылды. Премера 4-декабрь күни Халықаралық топырақ күнине бағышланған илажлар шеңберинде ФАОның Италиядағы бас резиденциясында болып өтти.

Фильмди Zamin YouTube платформасында көриў мүмкин.