Тексериў нәтийжелерине бола төмендеги нызамбузыўшылықлар анықланды:
- 14 жағдайда шаң ҳәм қум көтерилиўиниң алдын алыў илажларына әмел етилмеген;
- 9 жағдайда жол қойылатуғын нормалардан артықша патасландырыўшы элементлер шығарылыўы анықланған;
- 52 объектте қурылыс майданларының дерлик 25 проценти көклемзарластырылмаған.
Нызамбузыўшылықларды сапластырыў ушын 6 объектте суў бүркетуғын үскенелер орнатылған, 12 объектте автотранспорт қуралларының дөңгелеклерин жуўыў орынлары шөлкемлестирилген. Арнаўлы бассейнлер қурылып, унамсыз факторларды сапластырыў бойынша 14 жазба көрсетпе берилди.
Буннан тысқары, ҳаўаның сапасына зыян келтирип атырған 4 объектте қурылыс жумыслары тоқтатылған. 47 шахсқа рәсмий ескертиў берилген, 41 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.
Бул илажлар ҳаўаның патасланыўының алдын алыў ҳәм пайтахтта экологиялық тазалықты сақлаў имканиятын береди.








