Ташкентте "Орайлық Азияда руўхый мийрас ҳәм ағартыўшылық" халықаралық конгресси болып өтеди

    10 қараша 2025 870

    2025-жыл 12-15-ноябрь күнлери Ташкент қаласында "Орайлық Азияда руўхый мийрас ҳәм ағартыўшылық" темасында халықаралық конгресс болып өтеди.

    Форум Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниң илимий ҳәм мәдений топарларының ўәкиллери, уламалары, жазыўшылары, художниклери, кинематография хызметкерлери ҳәм жаслар жетекшилерин бирлестириўи күтилмекте, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Конгресстиң биринши күни шөлкемлестириўшилер атынан салтанатлы қабыллаў ҳәм "Бир өтмиш - улыўма келешек" атамасындағы байрам концерт бағдарламасы менен ашылады.

    Екинши күни қатнасыўшылар Өзбекстан ислам цивилизациясы орайына барады, ол жерде экскурсия ҳәм Конгресстиң жалпы мәжилислери өткериледи.

    Мәжилислер шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжанның мәденият ҳәм илимий институтлары ўәкиллериниң шығып сөйлеўлери болып өтеди. Мәденият министрлери, муфтийлер, Илимлер академиясы президентлери, Кинематография ҳәм Жаслар ислери агентлиги, "Мәденият" телеканалы, Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм миллий китапханалардың басшылары қатнасыўында сессиялар өткериледи.

    Үшинши күн тематикалық секция мәжилислери ҳәм форумларға бағышланады.

    Сегиз жумысшы топар тәрепинен регионның руўхый мийрасын, соның ишинде, Орайлық Азияның тарийхый ҳәм мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, ағартыўшылық ҳәм өз-ара түсинисиўди раўажландырыўда руўхыйлықтың орны, китапхана ислерин раўажландырыў ҳәм архивлерди санластырыў, регионның ҳүжжетли ҳәм көркем кино, мәдений телееситтириўлердиң заманагөй форматлары, Орайлық Азияның көркем мектеплери ҳәм сүўретлеў көркем өнери, санлы дәўирде жаслардың орны ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў, сондай-ақ, Орайлық Азия әдебияты руўхый байланыстың көриниси сыпатындағы әҳмийетли мәселелерди додалайды.

    Конгресс мәдений ҳәм руўхый бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў, регион халықларының улыўма қәдириятларын алға қойыўда әҳмийетли халықаралық майданға айланыўы күтилмекте.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates