Илажда Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан парламентлериниң ўәкиллери, БМШтың регионаллық структураларының басшылары, сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер қатнасады.
Сөйлесиў мәжилисинде ҳаял-қызлардың сиясий ҳәм социаллық белсендилиги, олардың экономикалық ҳәм исбилерменлик потенциалы, билимлендириў ҳәм репродуктивлик саламатлық тараўындағы имканиятлары, инновациялық ҳәм климат сиясатындағы орны ҳәм әҳмийети сыяқлы мәселелер додаланады.
Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи мәжилисиниң жуўмақлары бойынша жуўмақлаўшы ҳүжжет қабыл етилиўи нәзерде тутылмақта.









