Онда Спорт министрлиги, Миллий олимпия ҳәм паралимпия комитетлериниң басшылары қатнасты. Сондай-ақ, процессти Қарақалпақстан Республикасы жуўапкерлери, барлық ўәлаят, қала, район ҳәкимликлери ҳәм спорт басқармалары онлайн бақлап барды.

2026-жылғы мәўсим район ҳәм қала ҳәкимлери олимпиадасы, аймақлық басқыш ҳәм "Президент олимпиадасы" сыяқлы үш басқышлы жетилистирилген система тийкарында өткериледи.

Бүгиннен баслап республикамыздың барлық аймақларында биринши басқыш - "Район ҳәм қала ҳәкимлери олимпиадасы" жарысларына старт берилди. Онда спорт мектеплериниң тәрбияланыўшылары, улыўма билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары, жеке меншик спорт клубларының ўәкиллери, тренерлер тәрепинен таярланған жас спортшылар белсене қатнаспақта.