Ташкентте «InnoWeek–2025» халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги басланды

    10 қазан 2025 691

    Пайтахтымыздағы "Өзэкспоорай" миллий көргизбелер комплексинде "Шегарасыз идеялар" сүрени астында «InnoWeek–2025» халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги басланды.

    Ашылыў мәресиминде Президент Администрациясы басшысының билимлендириў системасын реформалаў мәселелери бойынша орынбасары Ҳилола Умарова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, илимпазлар, технология тараўының экспертлери, стартап экосистема қатнасыўшылары, жас инновационерлер ҳәм ойлап табыўшылар қатнасты.

    Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Ҳилола Умарова «InnoWeek–2025» Өзбекстанда илим, билимлендириў ҳәм инновация тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың көриниси екенин атап өтти.

    «InnoWeek» - бул тек ғана көргизбе емес, ал илим, билимлендириў ҳәм бизнес арасында сөйлесиў, жаңаша көзқараслар алмасыў ҳәм илимий идеяларды турмысқа енгизиў платформасы", - деп атап өтти ол ҳәм қатнасыўшыларға жумысларында табыслар тиледи.

    Быйылғы илажда дүньяның 30 мәмлекетинен, соның ишинде, Қытай, Малайзия, Сингапур, Япония, Корея Республикасы, Германия, Франция, Венгрия, Қазақстан, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден 230 дан аслам ўәкил қатнаспақта. 400 ден аслам инновациялық жойбар ҳәм шешимлер өз өнимлери ҳәм қолланбаларын усыныс етпекте.

    Көргизбе экспозициясы 15 мың квадрат метрден аслам майданда жайласқан. Қатнасыўшылар арасында Қытай, Корея, Япония, Малайзия, БАӘ, Иран, Германия, Венгрия ҳәм Қазақстанның жетекши инновациялық компаниялары ҳәм технологиялық орайлары өзиниң алдыңғы технологияларын көрсетпекте.

    Ҳәптелик шеңберинде 18 халықаралық форум, конференция ҳәм семинарлар, В2В ушырасыўлары, презентациялар, сондай-ақ, ойлап табыўлар ҳәм рационализаторлық қолланбалар таңлаўының республикалық басқышы, "Санлы технологиялар жаслар нәзеринде" таңлаўы ҳәм "Инновациялық идеялар жетекшиси" көкирек белгиси ийелерин сыйлықлаў мәресимлери өткерилиўи режелестирилген.

    Илаж тарийхында биринши мәрте ойлап табыўшы ҳаял-қызлардың инновациялық идеялары ҳәм қолланбаларына бағышланған «InnoWomenWeek–2025» арнаўлы жойбары өткерилмекте.

    Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, «InnoWeek–2025» миллий инновациялық экосистеманы раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм мәмлекет экономикасына алдынғы технологияларды енгизиўге хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates