Ташкентте "Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги" басланды

    2 желтоқсан 2025 185

    Жаслар дөретиўшилик сарайында пуқаралық жәмийети институтлары тараўында әмелге асырылған жумысларды таллаў ҳәм тараўды және де раўажландырыў бойынша усыныслар таярлаў ушын "Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги" басланды.

    Атап өтиў орынлы, Президентимиздиң 2024-жыл 26-августтағы "Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы 124-санлы қарарында ҳәр жылы декабрь айының биринши ҳәптесинде Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги өткерилиўи белгиленген. Илажларда Парламент, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери ҳәм сырт елли экспертлер қатнаспақта. Дәслеп ушырасыўлар республикамыздың барлық аймақларында пуқаралық жәмийети институтының 1500 ден аслам ўәкиллерин тартқан ҳалда шөлкемлестирилди. Таңлап алынған усыныслар ҳәм басламалар тийкарында бағдарлама пайтахтымызда басланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Кейинги жылларда мәмлекетимизде пуқаралық жәмийети институтлары ушын жаңа раўажланыў басқышы басланды. 2023-жылы қабыл етилген жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына биринши мәрте пуқаралық жәмийети институтларына бағышланған өз алдына бап киргизилди. Пуқаралық жәмийетиниң тийкарын жәмийетлик бирлеспелер, басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары қурайтуғыны атап өтилди.

    Быйылғы жылы тараўға байланыслы жигирмаға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. 2025-жыл 21-августтағы "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам менен пуқаралық жәмийети институтларының жумысын тәртипке салатуғын он нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. "Өзбекстан-2030" стратегиясы, 2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы ҳәм 2024-жыл 26-августтағы пәрман Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмиетин қәлиплестириўге қаратылған жедел реформаларды әмелге асырыўға хызмет етпекте.

    Пуқаралық жәмийети институтларының баслама ҳәм жойбарларын ашық-айдынлық ҳәм саламат бәсеки принциплери тийкарында қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасы қәлиплестирилди. Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қайта шөлкемлестирилди. Сенаттың сегиз ағзасы ҳәм Нызамшылық палатасының сегиз депутатынан ибарат Жәмийетлик қор қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссия жумыс баслады.

    Парламент комиссиясы ағзалары усы жылдан баслап жергиликли Кеңеслердиң депутатлары менен биргеликте халық пенен ушырасыўлар өткерип, социаллық тараў ҳәм мәҳәллелердеги машқалаларды үйренип, оларды мәнзилли шешиў бойынша мәмлекетлик грант ҳәм социаллық буйыртпа таңлаўларын жәриялайды. Усы жылдың өзинде пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаўға 1 триллион 200 миллиард сум қаратылды.

    Пуқаралық жәмийети институтлары стратегиялық ҳүжжетлер ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды мониторинг етиў және әмелге асырыўда қатнасады, аймақлардағы социаллық машқалаларды шешиўге қаратылған жойбарларды әмелге асырады. Жумыс нәтийжелилигин арттырыў көп тәреплеме кадрлар потенциалына байланыслы. 2021-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң 750 хызметкери тәжирийбе арттырды.

    "Алтын қәлем" миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда пуқаралық жәмийети институтларының жумысын сәўлелендириўге бағышланған номинация енгизилди. Бул институтлардың мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы ролин күшейтиў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўин кеңейтиўге қаратылған система қәлиплестирилди. Ҳәптелик шеңберинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий форумы, майыплығы болған шахслар тәрепинен таярланған өнимлер ярмаркасы, Олий Мажлис палаталары ҳәм Әдиллик министрлиги басшылары менен ушырасыў ҳәм пикирлесиўлер, халықаралық конференция, акциялар, сондай-ақ, "Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" көкирек белгиси, "Пуқара басламасы" миллий сыйлығы ҳәм "Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға үлес қосқан ең жақсы мәмлекетлик уйым" сыйлығы менен сыйлықлаў мәресими өткериледи.

    Буннан тысқары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң әҳмийетли басламаларын қаржыландырыў бойынша "Мәнзилли жойбарлар" акциясы өткерилип, социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыўды кеңейтиў бойынша пикир алысылмақта.

    Қатнасыўшылардың пикиринше, 5-декабрьге шекем даўам ететуғын Ҳәптелик мәмлекетлик уйымлардың пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиўиниң нәтийжели механизмлерин қәлиплестириў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң талапларын таллаў, мәмлекет ҳәм жәмийетти буннан былай да раўажландырыўға қаратылған перспективалы басламаларды додалаў майданы сыпатында әҳмийетли орын ийелейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates