Атап өтилиўинше, 16-октябрь күни М.Илашов мәртлик көрсетип, төртинши қабат балконында асылып қалған баланы қутқарып қалған.

18-октябрь күни министр Қоңыратбай Шарипов студентке мәртлиги ҳәм пидайылығы ушын миннетдаршылық билдирип, миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўға тапсырды.

Басқарма басшысы жас қаҳарманның бул ҳәрекети тек ғана институт студентлери ушын емес, ал пүткил елимиз жаслары ушын үлги екенин атап өтти. Жасларда инсаныйлық, ўатансүйиўшилик, мәртлик сыяқлы пазыйлетлерди беккемлеў зәрүрлигин атап өтти.