Жеңимпазларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева, Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт мәселелери бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, Спорт министрлиги, Миллий олимпия ҳәм паралимпия комитетлериниң басшылары салтанатлы түрде күтип алды.
"Олимпиада қалашасы"нда Дубай-2025 Параазия жаслар ойынларында жоқары нәтийжелерди көрсеткен параатлетлерди сыйлықлаў мәресими болып өтти. Илаж даўамында Танзила Нарбаева Өзбекстан Республикасы Президентиниң спортшыларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Шығып сөйлеген жуўапкерлер жас пара атлетлерди ерискен табыслары менен қутлықлап, олардың келешектеги спорт жолында жаңа жеңислер ҳәм жоқары нәтийжелер тиледи.
Илаж шеңберинде Параазия ойынларының сыйлы орын ийелери ҳәм олардың тренерлери бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.