Ўақыя 25-февраль күни саат 21:46 да Мирабад районы Мирабад көшесинде жүз берген. Жеке меншик мектептиң 10-класс оқыўшысы айдаўшылық ҳуқықына ийе болмаған ҳалда BMW М4 автомобилин басқарып баратырып ЖПХ инспекторын қағып кеткен. Жәбирлениўши дене жарақаты менен емлеўханаға жатқарылған.

Бас прокуратура баспасөз хаткери Ҳаёт Шамсутдиновтың атап өтиўинше, саат 22:00 ден кейин айырым пуқаралар авто ҳәм мото транспортларды жоқары тезликте басқармақта ямаса көшеде жарыс өткермекте. Бундай ҳәрекетлер жәмийетлик тәртипти бузады, адамлардың өмири ҳәм денсаўлығына реал қәўип туўдырады.

Тийисли хызметлер бундай ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, анықлаў ҳәм оларға шек қойыў илажларын көреди. Пуқаралардан түнги жарыслар ҳәм басқа да қәўипли ҳуқықбузарлықлар ҳаққында тийисли уйымларға хабар бериў соралды.