Быйылғы Өзбекстаннан кептирилген мийўе экспорты өткен жылға салыстырғанда 2,7 есеге артты

    26 қыркүйек 2025 466

    Жыл басынан сыртқы базарларға баҳасы 101,6 миллион АҚШ долларына тең болған 80,4 мың тонна кептирилген мийўе экспорт етилди. 2024-жылдың усы дәўиринде 39,9 миллион АҚШ доллары муғдарында 37,7 мың тонна экспорт етилгенин есапқа алсақ, усы жылдың көрсеткиши 2,7 есеге артқан.

    Бул өнимлер ең көп экспорт етилген мәмлекетлер беслигин Қытай, Түркия, Россия, Қазақстан ҳәм Беларусь қурайды.

    Итибарлы тәрепи, быйыл Өзбекстанның кептирилген мийўелери алдын сатып алыўшылар дизимине кирмеген мәмлекетлер - Иордания, Словения, Франция, Испания, Греция, Норвегия, Швеция, Эстония, Гаяна, Сингапур, Австрия ҳәм Нигерияға да экспорт етилди.

    Улыўма, быйыл Өзбекстаннан 54 мәмлекетке кептирилген мийўе экспорт етилди.