Ушырасыўда илим тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, академиялық мобилликти кеңейтиў ҳәм жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.
Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм JSPS арасында қол қойылыўы режелестирилип атырған меморандум еки мәмлекет илимий жәмийетшилигиниң узақ мүддетли бирге ислесиўи ушын беккем институционаллық тийкар жарататуғыны атап өтилди.
Бирге ислесиў шеңберинде Өзбекстан илимпазларының Японияның жетекши университетлери ҳәм илимий орайларында илимий изертлеўлер алып барыўы, биргеликтеги семинарлар, конференциялар, қысқа ҳәм орта мүддетли стажировкаларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, докторантлар, магистрантлар ҳәм жас илимпазлардың халықаралық илимий әмелият пенен танысыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери көрип шығылмақта.
Япония илимпазлары ушын бирге ислесиў Орайлық Азияда, соның ишинде, Өзбекстандағы изертлеўлер ҳәм регионаллық илимий жойбарларда қатнасыў имканиятын ашады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлап, узақ мүддетли ҳәм турақлы илимий бирге ислесиўден еки тәреп те мәпдар екенин атап өтти.








