"Нурлы жол" жойбары Қытай Денсаўлықты сақлаў миллий комиссиясы жанындағы Халықаралық алмасыў ҳәм бирге ислесиў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген. Ол Пекин университети Халық емлеўханасы (Peking University People's Hospital) шыпакерлериниң жәрдеминде әмелге асырылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Бул илаж ҚХР Баслығы Си Цзиньпин тәрепинен усы жыл 1-сентябрь күни Тяньцзинь қаласында "ШБШ плюс" форматы нда өткерилген ушырасыўда алға қойылған Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекетлери ушын 5 мың катарактаны алып таслаў бойынша басламаның биринши әмелий басқышы болды.
Қытай медициналық бригадасының ағзалары бир күнде 62 ге шекем хирургиялық операция өткерди. Буннан тысқары, самарқандлы туўма микрофтальмия ҳәм глаукома менен кеселленген наўқастың еки көзине де қурамалы операция исленди.
"Нурлы жол" жойбары шеңберинде тек ғана Үргенш қаласының турғынларына емес, ал Қарақалпақстан Республикасынан да саўалыў тилегинде келген 22 наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилди.
Бул медициналық жойбар тек ғана халықтың саламатлығын беккемлеў емес, ал Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық шерикликти раўажландырыў, "Саламат Жипек жолы" концепциясын әмелге асырыўда әҳмийетли басқыш болды.









