Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болады, температура 20-25 дәрежеге шекем төменлейди.

"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 14-сентябрь, екшемби күнинен баслап суўытыў пүткил республикамызды қамтып алады: күндизги температура 25-30 дәрежеден, қублада 33-35 дәрежеден артпайды.

Арқада ҳәм шөл аймақларында бүгин ҳәм дем алыс күнлери самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен араласыўы күтиледи.

Ташкентте:

12-сентябрьде - 33-35°, жаўын-шашынсыз, шығыстан самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем;

13-сентябрь - 31-33°;

14-сентябрь - 27-29°.

Түнде температура 16-19 дәреже ыссы болады.

Кейинги ҳәптениң биринши ярымында Өзбекстанға салқын ҳаўа кирип келиўи даўам етеди: түнде - 10-15 градус, күндиз - 20-25 градусқа шекем салқынласады. Айырым жерлерде қысқа мүддетли жамғыр жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.