Қарар менен 2026-жыл 15-январь жағдайы бойынша Өзбекстанда халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўды 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем өткериў белгиленди.
Халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў бойынша Республикалық комиссия дүзиледи.
Халықты дизимге алыў "мәҳәлле жетилиги" системасында жумыс алып барып атырған хызметкерлерди тартқан ҳалда 2025-жыл 15-декабрь - 2026-жыл 1-март аралығында өткериледи.
Онда, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Миллий статистика комитети, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте "мәҳәлле жетилиги" системасында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң планшет қурылмаларынан пайдаланған ҳалда дизимге алыў тәмийинленеди.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өз системасында жумыс алып барып атырған барлық хызметкерлерди 2026-жыл 15-январьдан 31-январьға шекем census.stat.uz порталында интернет тармағы арқалы дизимнен өткериўди тәмийинлейди.
Буннан тысқары, район (қала) ларда халықты дизимге алыў бойынша штаблар шөлкемлестирилип, олардың жумысы қадағалаўға алынады.









