Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестириледи.
Агентлик тоқымашылық, былғары аяқ кийим, жипек санааты ҳәм гилем тоқыў тараўларында тийкарғы бағдарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады.
Агентлик жанында Жеңил санаат тараўында жәмийетлик кеңес шөлкемлестириледи.
2025-жыл 1-октябрьден жеңил санаат тармағы кәрханаларына төмендеги финанслық қоллап-қуўатлаў илажлары қолланылады:
халықаралық брендлерди тартыў, халықаралық стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системаларын, финанслық есабаттың халықаралық стандартларын енгизиў қәрежетлерин қаплаў;
экспорт шәртнамалары бойынша қамсызландырыўды қаржыландырыў қәрежетлерин қаплаў, сондай-ақ, қәнигелерди оқытыў ушын грантлар ажыратыў;
шет еллерде саўда үйлерин ашыў ҳәм сақлаў, офислер, саўда ҳәм қоймахана имаратларын ижараға алыў, реклама компанияларын шөлкемлестириў менен байланыслы шет елдеги қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў.









