Пәрманға муўапық, мәҳәллени раўажландырыў бағдарындағы тийкарғы реформалардың тийкарғы бағдарлары белгиленди, атап айтқанда:

мәҳәллелерде 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў арқалы қосымша 100 мың жаңа жумыс орнын жаратыў;

мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин бериўге 20 триллион сум қаратыў.

Кәсиплерди раўажландырыў бойынша тийкарғы реформалардың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:

2026/2027-оқыў жылынан баслап 7 аймақтағы алдынғы кәсип-өнер техникумлары негизинде "Кәсиплер қалашасы"н шөлкемлестириў ҳәм олар арқалы мектеп оқыўшыларын заманагөй кәсиплерге бағдарлаў;

2026/2027-оқыў жылынан техникумларда стипендия төлеў әмелиятын енгизиў;

аймақларда 24 маманлықты баҳалаў орайын шөлкемлестириў ҳәм мийнет базарында тән алынатуғын сертификатлар бериў системасын енгизиў.