Бул мағлыўматнама төмендеги категориядағы пуқаралар ушын зәрүр:

жоқары оқыў орынлары, лицей ҳәм колледжлерге оқыўға кириўши абитуриентлер;

спортшылар ҳәм талабанларды жумысқа жайластырыўда;

судья лаўазымына тайынланыўшы шахсларға;

"Мүриўбет" ҳәм "Сақаўат" үйлерине жиберилип атырған кексе жастағылар ҳәм майыплығы болған шахсларға.

Онлайн алыў тәртиби:

my.gov.uz. порталына кириң;

"Денсаўлықты сақлаў" бөлимин таңлаң;

"086-санлы медициналық мағлыўматнама алыў" хызметин ашың ҳәм ҳүжжетти жүклеп алың.

Әҳмийетлиси, мағлыўматнама пуқара денсаўлықты сақлаў мәкемесинде медициналық тексериўден өткеннен соң ғана қәлиплестириледи. Шыпакерлердиң жуўмағы системаға киргизилгеннен соң, ҳүжжет онлайн түрде пайдаланыўға тапсырылады.

Хызмет бийпул көрсетиледи ҳәм қосымша ҳүжжетлерди талап етпейди.