Санлы технологиялар мәмлекет
ҳәм пуқаралардың өз-ара бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығып, хызметлерден
пайдаланыў процесин тез, ашық-айдын ҳәм артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдалардан
жырақ етиў имканиятын бермекте.
Өзбекстанда да "Санлы
ҳүкимет" системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы
бағдарларынан бири етип белгиленген. Мәмлекетимизде мәмлекетлик хызметлерди
санластырыў бойынша кең көлемли илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Бул процесстен тийкарғы мақсет - пуқаралар ҳәм
исбилерменлердиң мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиўин
әпиўайыластырыў, хызметлерден пайдаланыў ўақты ҳәм қәрежетлерин қысқартыў,
бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды азайтыў, мәмлекетлик басқарыўдың
нәтийжелилиги ҳәм ашық-айдынлығын арттырыўдан ибарат.
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы - my.gov.uz
арқалы көрсетилетуғын хызметлер санының избе-из артып баратырғаны бул
жумыслардың ең көзге тасланатуғын нәтийжелеринен бири болып есапланады.
- 905 хызмет - санластырыў көлеминиң жаңа көрсеткиши;
Усы жылы my.gov.uz порталында электрон мәмлекетлик
хызметлер саны 900 ден асып, 905 ке жетти. Бул көрсеткиш мәмлекетлик
хызметлердиң барған сайын көп бөлеги электрон түрге өткерилип, пуқаралар ушын
оларды аралықтан турып алыў имканиятларының кеңейип атырғанынан дәрек береди.
Кейинги жыллардағы динамика бул процесстиң пәтин айқын
көрсетпекте. Соның ишинде, 2024-жылы my.gov.uz арқалы 525 мәмлекетлик хызмет
көрсетилген болса, 2025-жылы олардың саны 800 ге, усы жылы болса 905 ке жетти.
Усы тәризде, тек ғана еки жылда портал арқалы
көрсетилетуғын хызметлер саны 380 ге артты. Яғный, пуқаралар ҳәм бизнес
ўәкиллери электрон түрде алыўы мүмкин болған мәмлекетлик хызметлер көлеми
сезилерли дәрежеде кеңейди.
Бул мәмлекетлик хызметлерди санластырыў жаңа электрон
платформалар жаратыў менен шекленип қалмай, пуқаралардың күнделикли турмысында
ушырасып атырған көплеген процесслерди басқышпа-басқыш онлайн форматқа өткерип
атырғанынан дәрек береди.
Мәмлекетлик мәкемелерге барыў зәрүрлиги азаймақта
my.gov.uz сайтының тийкарғы абзаллықларынан бири
сонда, көплеген мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын пуқара ямаса
исбилермен мәмлекетлик мәкемеге барыўы шәрт емес. Арза бериў, мағлыўматнама
алыў, ҳәр қыйлы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм басқа да хызметлер онлайн
тәризде әмелге асырылады.
Бул пуқаралардың ўақтын үнемлеў, артықша ҳүжжетлерди
қысқартыў, хызмет көрсетиў процесин ашық-айдын етиў имканиятын береди.
Исбилерменлер ушын электрон мәмлекетлик хызметлердиң
көлемин кеңейтиў айрықша әҳмийетке ийе. Бизнес шараятында ўақыт тийкарғы
ресурслардан бири есапланады. Ҳәр қыйлы рухсатнамалар, мағлыўматнамалар ҳәм
басқа да хызметлерди аралықтан турып алыў имканияты мәмлекетлик уйымлар менен
ислесиўге кететуғын ўақытты қысқартыў ҳәм тийкарғы жумысларға итибарды қаратыў
имканиятын береди.
Санластырыўдан мақсет - пуқараларға қолайлық жаратыў
my.gov.uz дағы хызметлер санының 900 ден артқаны,
бәринен бурын, адамлардың күнделикли турмысындағы санластырыўдың әмелий нәтийжеси
болып есапланады.
Бүгинги күнде пуқара ушын мәмлекетлик хызметтен
пайдаланыў белгили бир мәкемеге барып, гезекте турып, қағаз ҳүжжетлерди
рәсмийлестириў емес, ал компьютер ямаса смартфон жәрдеминде бир неше электрон
тәртип-қағыйдалардан өтиў болып бармақта.
Еки жылда 525 тен 905 ке өскен хызмет тек ғана
статистикалық көрсеткиш емес. Онда мәмлекетлик хызметлердиң пуқараларға
әсте-ақырын жақынласыўы, мәмлекет ҳәм жәмиет арасындағы қарым-қатнастың санлы
форматқа өтиўи сәўлеленген.
Келешекте мәмлекетлик хызметлерди санластырыў, оларды
бирден-бир электрон системаға интеграциялаў ҳәм пуқараларға және де қолайлы
шараятлар жаратыў "Санлы ҳүкимет" системасын раўажландырыўдың
тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.