Өзбекстанда шет тиллерин үйренип атырған жасларға мәмлекетлик субсидия бериледи

    Билимлендириў 9 қазан 2025 785

    Өзбекстан ҳүкиметиниң 2025-жыл 8-октябрьдеги 632-санлы қарары қабыл етилип, онда шет тиллерин үйренип атырған жасларды қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылған.

    "2+6" бағдарламасына бола, тил сертификатын алған жаслар оқыўдың дәслепки еки айын өзи, кейинги алты айын Жаслар ислери агентлигиниң қаржылары есабынан төлейди.

    Субсидия муғдары:

    Ташкент қаласында - БЕМның 2 есесине шекем (824 000 сум);

    ўәлаят орайларында - БЕМның 1,5 есесине шекем (618 000 сум);

    район ҳәм қалаларда - БЕМның 1 есесине шекем (412 мың сум).

    2025-2026-жылларда 20 мыңға шекем, 2031-жылға шекем болса ҳәр жылы 20 мыңға шекем жасларға субсидия бериледи. Егер лимит толып кетсе, субсидия бериў келеси жылға көшириледи.

    Тек ғана электрон платформа арқалы дизимнен өткен ҳәм қатнасыўшылардың электрон есабын жүргизетуғын оқыў орайларына жәрдем көрсетиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates