"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 6-11-июнь күнлери республика
бойынша ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди, тек айырым таў
алды ҳәм таўлы аймақларда қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.
Бүгин күндизги ўақытлары 34-37 дәрежеге шекем, кейинги күнлери 37-40
дәрежеге шекем ыссы болады. Арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында күндизги ўақытлары
39-42 дәреже ыссы болыўы күтиледи.
Самалдың бағыты
шығыстан тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде самалдың тезлиги 15 м/с қа шекем
күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте:
6-11-июнь күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты
шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 10-12 м/с қа шекем күшейиўи
мүмкин.
Ҳаўаның
температурасы бүгин ҳәм ертең 35-38°, кейин ала 38-40° қа шекем көтериледи.
Ҳаўаның
температурасы түнде 22-25 дәреже ыссы болады.