"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 5-8-май күнлери ҳаўаның температурасы түнги ўақытлары 17-20 дәрежеге шекем, күндиз 32-35 дәрежеге шекем, қублада 38 дәрежеге шекем әсте-ақырын көтериледи.

6-7-май күнлери арқа ҳәм шөл аймақларында, 8-майда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.

Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында 4-5-май ҳәм 8-май күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. 4-май күни сел-суў ҳәдийселери болыўы мүмкин.

Ташкентте жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 24-26°, 5-8-май күнлери 30-35° ға шекем көтериледи.

Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 8-майда самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.