"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, республикамыз аймағының көпшилик бөлегинде жаўын-шашын болмайды, тек ғана Ферғана ойпатының айырым аймақларында 16-сентябрь, сәршемби күни азмаз ўақытқа жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, 16-сентябрьде республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Өзбекстанның таўлы аймақларында 14-17-сентябрь күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.

Ташкентте: 14-18-сентябрь күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 15-18гр жыллы, күндиз 30-33гр жыллы.

Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.