"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 31-март ҳәм 1-апрель күнлери Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында, сондай-ақ, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болады. Күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 27-30 дәреже ыссы болады.

2-апрель күни арқа-батыс районларда, шөл зонасында ҳәм қубла ўәлаятларда, 3-апрель күни республиканың көпшилик ўәлаятларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы күтиледи. Ҳаўаның температурасы 24-27 градусқа шекем, қублада 20-22 градусқа шекем төменлейди.

Самалдың тезлиги 7-12 м/с, қублада ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте бүгин жаўын-шашын болмайды, тек ғана кешке шекем азырақ жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 22-24° жыллы.

31-март ҳәм 1-2-апрель күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы күндиз 27-29 градус жыллы.

3-апрель күни азырақ жаўын жаўыўы мүмкин. Күндизги температура 24-27гр жыллы.

Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.