Жаңа механизм туристлерге мәмлекет аймағында сатып алынған товарлар ушын қосымша қун салығын қайтарыў имканиятын береди. Қаржыларды нақлай да, банк картасына өткериў арқалы да қайтарыў мүмкин. Нақ пулсыз усылда товар алып шығылғаннан кейин үш жумыс күни ишинде пул келип түседи.
Қайтарып алыў мүмкин болған минимал сатып алыў суммасы ҚҚСты есапқа алған ҳалда 300 000 сумды қурайды. Онда сырт ел пуқараларына салық суммасының 85 проценти қайтарылады, қалған 15 проценти болса Tax Free системасы операторының хызметлерин қаплаўға жибериледи.
Сондай-ақ, алдын Tax Free системасы қолланылатуғын товарлардың шекленген дизими (азық-аўқат өнимлеринен тысқары) бийкар етилди. Бул туристлер салық қайтарып алатуғын сатып алыўлар дизимин кеңейтиў имканиятын береди.
Өзгерислер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 5-марттағы "Сырт ел пуқараларына қосымша қун салығын қайтарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-78-санлы қарарына муўапық енгизилген.
Tax Free диң иске қосылыўы Өзбекстанның туристлик тартымлылығын арттырыўы, усақлап сатыў саўдасының өсиўине ҳәм туризм тараўын буннан былай да раўажландырыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Келешекте бул системаны басқышпа-басқыш кеңейтиў нәзерде тутылған: аэропортлардан тысқары, темир жол вокзаллары ҳәм шегара бажыхана постларында, сондай-ақ, көбирек саўда шақапшаларында енгизиў режелестирилген.
Процессти санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта - қайтарыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ушын заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм мобил шешимлерден жедел пайдаланылады.