Өзбекстанда жас өспиримлерге мобил қосымшалар арқалы банк карталарынан пайдаланыў әпиўайыластырылады

    5 желтоқсан 2025 129

    Социаллық тармақларда жас өспиримлерге банк карталарын ашыўда биометрикалық идентификациядан өтиў ҳәм бул карталарды коммерциялық банклер ямаса төлем шөлкемлериниң мобил қосымшаларына байланыстырыўда машқалалар пайда болып атырғаны ҳаққында хабар берилмекте.

    Өзбекстан Орайлық банки банк карталарынан пайдаланыўда жас өспиримлерди биометрикалық идентификациялаў қағыйдаларын түсиндирди.

    Орайлық банк Басқармасының тийисли қарары менен тастыйықланған "Банк есап бетлерин ашыў, жүргизиў ҳәм жабыў тәртиби ҳаққындағы инструкция"ға киргизилген өзгерислерге муўапық, 14 жастан 18 жасқа шекемги жас өспиримлерге банк есап бетлерин еркин ашыўға рухсат берилди.

    Банк карталары менен байланыслы алдаўшылықлардың алдын алыў мақсетинде Орайлық банктиң тийисли көрсетпеси тийкарында банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң мобил қосымшаларында "Жаңадан дизимнен өтиў", "Паролди тиклеў" ҳәм "Басқа қурылмадан аккаунтқа кириў"де биометриялық идентификация (Face-ID) дан өтиў механизми енгизилди.

    Усы жағдайдан келип шығып, Орайлық банк тәрепинен банклер ҳәм төлем шөлкемлерине рисклерди басқарыў сиясаты тийкарында жас өспиримлер ушын мобил қосымша арқалы электрон төлемлерди әмелге асырыў имканиятын тәмийинлеў, сондай-ақ, риск дәрежеси жоқары болған операциялар ушын идентификациялаўдың қосымша механизмлерин сақлап қалыў бойынша көрсетпе берилди.

    Мәлим етилиўинше, жақын күнлерде жас өспиримлер банк ҳәм төлем шөлкемлериниң мобил қосымшалары арқалы өз банк карталарынан пайдаланыў имканиятына ийе болады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates