Соның ишинде, "Судланғанлықтың ҳуқықый әҳмийети" деп аталған 77-статья он сегиз жасқа толғанша ислеген жынаяты ушын тайынланған жазаны өтеп болған шахс судланбаған деп есапланатуғынын белгилеўши абзац пенен толықтырылды, оғада аўыр жынаятлар ислегени ямаса ислеген жынаяты ушын тайынланған жазаны өтеп болғаннан кейин он сегиз жасқа толғанша жаңа жынаят ислегени буған кирмейди.
Сондай-ақ, 841 ҳәм 85-статьяларға киргизилген өзгерислер менен жас өспиримлер ушын еркинликти шеклеў ҳәм еркинен айырыўдың ең аз мүддети 6 айдан 1 айға қысқартылды.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 24.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».








