Энергетика министрлигиниң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде республикамызда улыўма орнатылған қуўатлылығы 4 582 мегаватт болған 12 қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 4 самал станциясы жумыс алып бармақта. Тек ғана соңғы 26 күн ишинде энергия көлеми 6 миллиард киловатт-сааттан 7 миллиард киловатт-саатқа шекем, яғный суткасына орташа 29 миллион киловатт-сааттан асламға өсти.
2025-жылдың сегиз айы жуўмағы бойынша:
қуяш станциялары 4,36 млрд кВт саат,
самал станциялары - 2,64 млрд кВт/с;
Салыстырыў ушын: 2022-жылы олардың үлеси тек ғана 434 млн кВт/с, 2023-жылы болса 576,9 млн кВт/с болған болса, өткен жылы "жасыл" энергия ислеп шығарыў 4,86 млрд кВт/с ға өскен.
Қайта тиклениўши дереклердиң кеңнен енгизилиўи тәбийғий ресурслардың үлкен көлемлерин үнемлеў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў имканиятын берди:
2,1 млрд куб метр тәбийғый газдиң жаныўының алды алынды.
атмосфераға 2,94 млн тоннадан аслам патасландырыўшы элементлер түспеген.
Гидроэлектр станциялары менен биргеликте мәмлекетте январь-август айларында "жасыл" энергия дерлик 11,9 миллиард кВт/с ямаса улыўма электр энергиясының 21,5 процентин қураған. Бул қосымша түрде 3,6 млрд куб метр газди үнемлеў ҳәм 5 млн тоннадан аслам зыянлы элементлер шығыўының алдын алыў имканиятын берди.
Қәнигелердиң есап-санақларына бола, бундай көлемдеги электр энергиясы 7,4 миллион шаңарақтың сегиз айлық мүтәжлигин толық қаплаў ямаса 4,9 миллион шаңарақты бир жыл даўамында электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди.