Еслетип өтемиз, "Юксалиш" ҳәрекети ҳәр жылы 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен мәмлекетлик басқарыў системасындағы басшы ҳаял-қызлардың рейтингин жәриялап барады. Алдын рейтинглер 2020, 2021, 2022, 2023, 2024 ҳәм 2025-жылларда қәлиплестирилген еди (силтеме: https://t.me/uzbyuksalish/5228). Буннан тысқары, 2023-жылы регионаллық экспертлердиң қатнасыўында биринши мәрте Орайлық Азияның жетекши ҳаял-қызларының рейтинги дүзилди.

Кейинги жылларда Өзбекстанда ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыў системасындағы қатнасын кеңейтиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Ҳаял-қызларды басшылық лаўазымларына таярлаў бойынша арнаўлы бағдарламалар енгизилип, мәмлекетлик хызметте гендер теңсалмақлылығын тәмийинлеў бойынша көрсеткишлер белгиленбекте. Кадрлар резервинде ҳаял-қызлардың үлесин арттырыў бойынша да системалы илажлар әмелге асырылмақта. Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, кемситиўдиң алдын алыў ҳәм басшылық лаўазымларына тайынлаўда тең имканиятларды тәмийинлеў мәселелери нызамшылық дәрежесинде беккемленбекте.

Бул процесслерде жәмийетлик қадағалаў, ашық-айдынлық ҳәм тән алыў механизмлери әҳмийетли орын ийелейди. Усы мүнәсибет пенен "Юксалиш" ҳәрекети тәрепинен ҳәр жылы жәрияланатуғын басқарыўдағы ҳаял-қызлардың рейтинги мәмлекетте гендер теңликти алға қойыўға қаратылған нәтийжели жәмийетлик баслама сыпатында қәлиплеспекте.

Рейтингке мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдың түрли дәрежелеринде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар киргизилди. Олардың арасында Президент Администрациясы, Олий Мажлис палаталары, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимият уйымлары, финанс-банк системасы, билимлендириў тараўы, сондай-ақ, суд-ҳуқық системасының басшылары бар.

Бул рейтинглерде атап өтилген ҳаял-қызлардың көпшилиги кейинги жылларда мәмлекетлик басқарыў системасындағы жоқары лаўазымларға тайынланған, айырымлары аймақлық дәрежеден республикалық басшылық лаўазымларына көтерилген. Буннан тысқары, бир қатар талабанлар тараў басшылары, комитетлер ямаса агентликлер дәрежесиндеги қарар қабыл етиў процесслеринде белсене қатнаспақта.

Рейтинг методологиясы

Басқарыўдағы ҳаял-қызлардың рейтинги көп өлшемли баҳалаў модели тийкарында қәлиплеседи. Бул модель талабанларды тек ғана лаўазымы бойынша емес, ал олардың реал басқарыў жумысы, институционаллық тәсири ҳәм халықтың исеним дәрежесин есапқа алған ҳалда комплексли таллаўды нәзерде тутады.

Рейтинг төмендеги тийкарғы нормалар тийкарында қәлиплестириледи:

лаўазымы ҳәм ўәкилликлериниң қарар қабыл етиў процесслерине тәсири;

басқарыў жумысының ҳақыйқый нәтийжелери;

стратегиялық реформаларда қатнасыў дәрежеси;

аймақлық ямаса тармақлық тәсир көлеми;

жәмийетшиликтиң исеними ҳәм кәсиплик абырайы.

Талабанлардың жумысы 100 баллық система тийкарында баҳаланып, ҳәр бир критерия өзиниң салмақ коэффициентине ийе ҳәм жуўмақлаўшы интеграл көрсеткишти қәлиплестиреди. Баҳалаў процесинде мәмлекетлик статистика мағлыўматлары, ашық дәреклер, тармақ есабатлары, эксперт жуўмақлары ҳәм медиа-мониторинг нәтийжелери есапқа алынады.

Бундай рейтинглер жәмийеттеги бар стереотиплерди жеңип өтиў, басқарыўда ҳаял-қызлардың ролин күшейтиў, жетекши ҳаял-қызлардың жаңа әўладын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди.

"Юксалиш" ҳәрекети баспасөз хызмети.