Өзбекстанда мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасының тийкарғы ўазыйпалары белгиленди

    7 қазан 2025 3792

    "Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы (ӨРН-1087-санлы, 04.10.2025-ж.) қабыл етилди.

    Нызам мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.

    Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы - Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерин үскенелеў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланатуғын әскерий ҳәм еки тәреплеме мақсетке мөлшерленген өнимлерди сатып алыў бойынша мәмлекетлик буйыртпа.

    Төмендегилер мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген:

    • мәмлекеттиң миллий мәплеринен, дүньядағы ҳәм региондағы әскерий-сиясий жағдайдан, әскерий тараўдағы миллий қәўипсизликке қәўип-қәтерлердиң дәрежесинен, заманагөй әскерий келиспеўшиликлердиң характеринен келип шығып, мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасын қәлиплестириў, тастыйықлаў ҳәм орынлаў;
    • өз ўақтында ҳәм кепилликли қуралланыў, буйыртпашыларды әскерий ҳәм еки мақсетке хызмет ететуғын өним менен тәмийинлеў;
    • мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы ушын ажыратылған қаржы ресурсларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў.

    Мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасының жойбары Мәмлекетлик комиссияның қарары менен көрип шығылады ҳәм тастыйықланады.

    Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланған мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы гезектеги жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы нызам жойбарын ислеп шығыўда есапқа алынады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates