Ҳүжжетке муўапық, 1-классқа қабыллаў мәмлекетлик хызмет арқалы әмелге асырылатуғын район ҳәм қалалар саны 64 тен 135 ке, мектеплер саны 1956 дан 5689 ға көбейтилди. Сондай-ақ, жаңа оқыў жылында мәмлекетлик мектеплердиң биринши классларына қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызмет енгизилетуғын район ҳәм қалалар дизими тастыйықланды.

Қабыллаў процесслери министрликтиң my.gov.uz Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм my.maktab.uz электрон мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.

Арзаны 2026-жыл 20-июньнан 31-июльға шекем бириктирип қойылған шақапша шеңберинде, 1-августтан 31-августқа шекем болса бириктирип қойылған шақапшаның сыртына кириў ушын тапсырыў мүмкин.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, 1-классқа балалар 7 жасқа толған жылы қабыл етиледи. Солай етип, 2026-2027-оқыў жылында мектепке 2019-жыл 31-декабрьге шекем туўылған балалар қабыл етиледи.

Мәмлекетлик хызмет еле енгизилмеген аймақлардағы мектеплерде қабыллаў дәстүрий тәризде өткериледи. Онда процесс мектеп директорлары тәрепинен шөлкемлестириледи ҳәм оқыўға қабыл етилген оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматлар министрликтиң adm.maktab.uz электрон системасына киргизиледи.

1-классқа қабыллаў ҳаққындағы мағлыўмат мектеп имаратының көринетуғын орнына қойылыўы керек. Оған қабыллаў режеси ҳәм саатлары, бириктирилген киши участка ҳаққындағы мағлыўматлар, басқа тилде оқытылатуғын класслар ҳаққындағы мағлыўматлар, баланың басланғыш сөйлеў көнликпелерин баҳалаў ушын сораўнама киреди.

Белгиленген мүддетлер жуўмақланғаннан соң мектеплерге өзине бириктирилген мәҳәлледен де, басқа аймақлардан да оқыўшыларды қабыл етиўге жол қойылмайды.

Сондай-ақ, 2026-жыл 10-августқа шекем районлық ҳәм қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлерине 12 түрдеги мектеп қуралларынан ибарат "Президент саўғалары" толық жеткерип берилиўи режелестирилген. Олардың саны 1-классқа қабыл етилген ҳәм adm.maktab.uz системасына киргизилген балалар санынан келип шығып анықланады. 2026-жыл 20-августқа шекем бул топламлар мектеплер арасында дизимге алынған 1-класс оқыўшыларының санына қарап бөлистириледи.