Өзбекстанда банклер тәрепинен қымбат баҳалы металлар менен операцияларды әмелге асырыў тәртиби белгиленди

    4 қараша 2025 710

    Банклер тәрепинен қымбат баҳалы металлар менен операцияларды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилген (дизимнен өткериў номери. 03.11.2025-жыл № 3698).

    Реже банклер, соның ишинде, микроқаржыландырыў банклери тәрепинен қымбат баҳалы металлар менен операцияларды әмелге асырыў тәртибин белгилейди.

    Банклер тәрепинен қымбат баҳалы металлар менен байланыслы төмендеги операциялар әмелге асырылады:

    қарыйдарлар тәрепинен банктиң мобил қосымшасы арқалы өлшемли алтын қуймаларды сатып алыў ҳәм қайта сатыў;

    банклер тәрепинен өлшемли алтын қуймаларды сатыў ҳәм оларды Орайлық банктен сатып алыў жолы менен қайта сатып алыў;

    банклер тәрепинен қымбат баҳалы металларды электрон (физикалық емес) түрде сатыў ҳәм қайта сатып алыў.

    Банк ҳәм қарыйдар арасында өлшемли алтын қуймаларды сатыў ҳәм қайта сатып алыў банктиң мобил қосымшасында оферта шәртнамасын тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады.

    Төлем нәтийжели әмелге асырылғаннан соң, банк мобил қосымшасында қарыйдар сатып алған алтын қуйма "қупыя коды" көрсетиледи.

    Сатып алынған өлшемли алтын қуймаларды банктен алыў ушын қарыйдар шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, сондай-ақ, банк мобил қосымшасы арқалы алынған "қупыя код"ты көрсетеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates